Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Аллоҳ таолога битмас-туганмас ҳамду санолар бўлсин.
Пайғамбаримизга мукаммал ва батамом салавоту дурудлар бўлсин.
Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф ҳазратларининг қаламларига мансуб «Мўминнинг меърожи» деб номланган китобнинг қорақалпоқ тилидаги нашри.
КИРИСИЎ
Мөмин бенделери ушын намазды мераж қылған Аллаҳ тааланың Өзине мүнәсип шүкирлер болсын!
«Көзимниң қуўанышы намазда қылынды», деген Расулы акрам Муҳаммад Мустафаға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Ҳақ субҳанаҳу ўа таалаға сансыз шүкирлер болсын, елимиз мусылманлары ҳақ динин мүмкиншилик дәрежесинде толық үйрениўге умтылмақта. Узақ ўақыт даўам еткен қуўдалаўлардан соң диний қәдириятларымыз өзимизге қайтты, Аллаҳ тааланың қайырқомлығы, мийримлиги менен ибадатларымызды толық, пүтин орынлаўға өтилди. Бул ҳаққында әсиресе, ибадатлардың ең уллысы саналған намаз рукнлерин (негизлерин) пуқта үйрениў, оларды шәрият талапларына муўапық толық орынлаўға шынтлап итибар қаратылды. Мусылманларымызға намаз оқыў тәртип-қағыйдаларын үйретиўде әсиресе кишкене көлемли, сүўретли қолланбалар жүдә қолай келди. Кейин ала намаз ҳаққындағы ең жақсы китаплар басып шығарыўға да кирисилди. «Ҳәдис ҳәм Турмыс» дүркининде басып шығарылған китаплардың бесинши, алтыншы, жетинши бөлимлери «Намаз китабы» деп аталып, пүткиллей усы үлкен ибадатқа бағышланған еди.
Бирақ, соларға қарамай, намаз оқыўды үйрениў, оның рукнлери, шәртлери ҳәм орынлаў тәртип-қағыйдалары менен танысыўға тийисли китапларға болған мүтәжлик пәсеймеди. Бул аралықта мәзҳабты тән алмайтуғын топарлар шығып, түрли жәнжел, даўларды қозғағанда, ҳәтте мәзҳабласларымыздың мың жыллардан берли оқып киятырған намазларына өзгерислер киргизиўди гөзлегенинде олардың ғәрремликлерин бийкарлаў сыпатында басып шығарылған китаплардың да пайдасы көп болмақта. Сонда, айырым әзизлеримиз «Намаз ҳаққында сораўлар да, ҳәр қыйлы бир-бирине қарама-қарсы мағлыўматлар да көбейип кетти, ҳәммесин тәртипке салыўда қолайлы, мәзҳабымыз талапларына жуўап беретуғын бир китап жазылса», деген усыныслар да айтты.
Әзиз ықласбентлеримиздиң бул усынысларында жан бар еди. Себеби, кейинги пайытларда айырым топарлар Әҳли сунна ўәл жәмәәге қарсы ҳәр тәреплеме искерликти күшейтип жиберди. Олардың арасынан ибадатларымызды да тексеретуғын «билимданлар» шығып қалды. Олар мусылманларымызды шалғытыў, олардың арасына фитна ҳәм алаўызлық туқымларын себиў ушын интернетте түрли сайтлар ашты, социаллық тармақлар арқалы да ис алып барыўға киристи.
Олардың тийкарғы итибар қаратқан мәселелеринен бири – намаз мәселеси болды. Ҳәтте ис соған барып жетти, интернет тармағында олардың Ҳанафий мәзҳабындағы «қәтелер»ге қәнигелескен арнаўлы сайты да ислей баслады. Соның ушын да, ўатанласларымыздың бул жағдайдан тәшўишке түсиўи тәбийий еди. Ҳәтте ықласбентлеримизден бириниң жазыўынша, семиз ҳәм сақаллы бир адам видеода Ҳанафий мәзҳабыникинен басқашалаў таҳәрат алып көрсетип, «Буннан басқаша барлық таҳәратлар надурыс» деп айтқан-мыш. Мәзҳабсызлардың сайтларынан биринде намаздағы тәкбири таҳримада (баслаў тәкбиринде) бас бармақларын қулақлардың жумсақ жерине тийгизиў жағдайы Ҳанафий мәзҳабының китапларында да жоқлығын даўа қылған сөзлери жәрияланды. Әсиресе кейинги ўақытлары намаз ҳаққындағы шийеленискен ҳәм тартыслы пикирлер көбейип кетти.
Түрли еллерге кеткен мийнет эмигрантлары арасында да мәзҳабымыздағы намаз китаплары табылмай атырғаны, басқа мәзҳаблардың китапларын оқып, түрли түсинбеўшиликлер, тартысыўлар көбейип атырғаны ҳаққында гәп сөзлер қулаққа шалына баслады. Әне соны итибарға алып, шет еллерде жүрген ўатанласларымыз ушын ана тилимизде Ҳанафий мәзҳабының намаз оқыў тәртиплери ҳаққында кишилеў көлемдеги китапша таярланды ҳәм Москвадағы бирге ислескен баспаханамыз тәрепинен өзбек тилинде басып шығарылды. Бундай китапқа мүтәжлик үлкен болғаны ушын китаптың биринши басылымы тез тарқалып кетти ҳәм ҳәзирде екинши басылымға да ҳәрекет қылынбақта.
Өз Ўатанымыздағы мусылманларымыз арасында да толық ҳәм жеңил усылдағы намаз китабына зәрүрлик артып баратырғаны ҳаққында бизге көпшилик мүрәжат қыла баслады. Үлкен-киши менен мәсләҳәтлесип, мәзҳабымызға әмел қылыўшыларға жеңиллик туўдырыў ҳәм түрли қарама-қарсылықларға шек қойыў мақсетинде ҳәзирги дәўирдиң талапларына жуўап беретуғын, алдынлары жол қойылған кемшиликлери дүзетилген, намазды толық орынлаўға жәрдем беретуғын тыянақлы бир китапты баспаға таярлаў мақсетке муўапық деп табылды. Оны таярлаўда биз – хызметкериңиздиң алдын бул темада жазған шығармаларын жәмлеп, тәртипке салыў, керекли қосымшалар киргизиўге келисилди. Бул ислерди әмелге асырыўды ҳүрметли Аҳмаджан ҳажы ағадан өтиниш қылынды. Усы китапты дөретиўде шайх Аҳмад Иззуддин ибн Ийса Баянунийдиң Ҳанафий мәзҳабында таҳәрат ҳәм намаз ҳүкимлерине тийисли китабынан да пайдаланылды.
«Мөминниң меражы» деп аталған усы китапты сиз, әзизлердиң итибарыңызға усынар екенбиз, Аллаҳ тааладан оны шырайлы қабыл етиўин ҳәм берекетин тилеп қаламыз ҳәм де оның бәршемиз ушын мәп келтириўине үмит етемиз.
Ҳүрмет пенен, Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф.
2013-жыл 30-сентябрь, Ташкент.
Муаллиф: Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф
Таржимон: Шамсуддин Баҳоуддинов
Номи: «Мўминнинг меърожи» (қорақалпоқ тилида)
Нашриёт: «Hilol» нашриёт-матбааси
Сана: 2020 йил
Ҳажми: 256 бет
ISBN: 978-9943-5477-2-8
Ўлчами: 84×108 1/32
Муқоваси: юмшоқ
Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамаси ҳузуридаги Дин ишлари бўйича қўмитанинг 2019 йилдаги 6980-сонли тавсияси ила чоп этилган.
Мазмуны
Кирисиў
Дин ҳәм шәрият деген не?
Ийман ҳаққында
Ийман шәртлери
Ақыйда
Әҳли сунна ўәл жәмәә
Ҳадал ҳәм ҳарам
Намаз – ең уллы ибадат
Намаздың басқа пайдалары
Әмеллердиң ҳүкимлери
Намазға пәклениў
Таҳәрат ушын суўлар
Қудық суўларының ҳүкими
Терилердиң ҳүкими
Қалдықлар ҳәм сарқытлардың ҳүкими
Нажасат
Ҳәжет ҳәм истинжа әдеплери
Таҳәрат
Ғусыл
Таяммум
Мәсиге масҳ тартыў
Ҳайыз ҳәм нифас
Истиҳаза қаны
Үзирли адамныӊ ҳүкими
Мисўак
Намаздағы рукнлер
Намаздың түрлери
Намаз ўақытлары
Намаз рәкатлары
Азан ҳәм тәкбир
Намаз қалай оқылады?
Еки рәкатлы парыз намазын оқыў тәртиби:
Төрт рәкатлы парыз намазды оқыў тәртиби
Үш рәкатлы намазды оқыў тәртиби
Төрт рәкатлы сүннет намазын оқыў тәртиби
Намаздағы парыз әмеллер
Намаздың ўәжиблери
Намаздың сүннетлери
Намаздың мустаҳаблары
Намаздағы ҳарам әмеллер
Намаздың мубаҳлары (руқсат етилген әмеллери)
Намазды бузыўшы әмеллер
Намаздағы макруҳ әмеллер
Макруҳ болмаған әмеллер
Намаздың әдеплери
Намазда оқылатуғын қысқа сүре ҳәм дуўалар
«Фатиҳа» сүреси
«Фийл» сүреси
«Қурайш» сүреси
«Маъун» сүреси
«Кәўсар» сүреси
«Кафируўн» сүреси
«Наср» сүреси
«Масад» сүреси
«Ихлас» сүреси
«Фалақ» сүреси
«Нас» сүреси
Курсий аяты (аятул-курсий)
Сәне
Ташаҳҳуд (әттаҳийят)
Салаўатлар
Қунут дуўасы
Намаздан соң оқылатуғын дуўалар
Жәмәәт намазы
Намаздағы саплар тәртиби
Имамлыққа кимлер ҳақылы?
Қубла
Қаза намазларды оқыў
Түрли намазлар
Парыз намазларына қосып
оқылатуғын сүннет намазлары
Ўитр намазы
Тараўиҳ намазы
Мүсәпирдиң намазы
Жума намазы
Жаназа намазы
Еки ҳайыт намазы
Рамазан ҳайыты намазы
Қурбан ҳайыты намазы
Наўқас адамның намазы
Қәўип намазы
Қуяш ҳәм ай тутылғандағы намазлар
Истисқо намазы
Нәпил намазлар
Таҳийятул мешит намазы
Шуруқ (ишроқ) намазы
Зуҳа (сәске) намазы
Шукри ўузуъ намазы
Истихара намазы
Қәжет намазы
Тәўбе намазы
Әўўәбийн намазы
Таҳажжуд намазы
Тәсбиҳ намазы
Нәпил намазларын оқыў тәртиби
Көликте намаз оқыў
Итикаф отырыў
Сәждейи сәҳиў
Тиләўат сәждеси
Сутра
Мешит әдеплери
Сәлле
Алты диний кәлийма
Қырық парыз
Ибратлы намазлар
Ҳәзирети Расулуллаҳтың намазлары
Рошид халифалардың намазы
Саҳаба ҳәм табеийнлердиң намазы
Әўлийелер ҳәм уламалардың намазы
Уллылар намаз ҳаққында
Дереклер дизими